08Oct-2024
Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен сыйлыклау
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, сондай-ақ, Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў,халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде оларды наўқыран, билимли жаслар етип камалға келтириў жолындағы белсендилиги ушын Нөкис қалалық 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ муғаллими Халилаева Алмагүл «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген жаслар устазы» атагы менен сыйлықланды. Мектебимиз жамаати атынан шын журектен кутлыклаймыз!!!
